IAD Index of Academic Documents
  • Home Page
  • About
    • About Izmir Academy Association
    • About IAD Index
    • IAD Team
    • IAD Logos and Links
    • Policies
    • Contact
  • Submit A Journal
  • Submit A Conference
  • Submit Paper/Book
    • Submit a Preprint
    • Submit a Book
  • Contact
  • Uluslararası Türk Lehçe Araştırmaları Dergisi (TÜRKLAD)
  • Volume:2 Issue:1
  • ИБРАЙЫМ ЮСУПОВ ПОЭЗИЯСЫНДА ФРАЗЕМАЛАРДЫҢ ОККАЗИОНАЛ СТИЛЬЛИК ХЫЗМЕТЛЕРИ...

ИБРАЙЫМ ЮСУПОВ ПОЭЗИЯСЫНДА ФРАЗЕМАЛАРДЫҢ ОККАЗИОНАЛ СТИЛЬЛИК ХЫЗМЕТЛЕРИ

Authors : Şamşetdin ABDİNAZİMOV, Gulcahan ALLAMBERGENOVA
Pages : 149-155
Doi:10.30563/turklad.422165
View : 15 | Download : 10
Publication Date : 2018-06-20
Article Type : Research Paper
Abstract :Тил байлықларының ишинде фразеологизмлердиң орны бир бөлек , олар тилдиң қаймағы сыпатында көзге тасланады . Олар халық даналығына суўғарылған образлы ойлаў тилиниң үлгиси. Фразеологизмлер миллий тилдиң сөзлик қурамында әсирлер даўамында қәлиплескен өзгеше мәнилик белгилерге, айрықшалықларға, эмоционаллық-экспрессивлик күшейтиўши терең мазмунға ийе айрықша қатлам болып табылады. Сөзлик қурамдағы басқа лексикалық бирликлерге қарағанда өзине тән айрықша белгилерге ийе. Сөзлик қурамда фразеологизмлер оғада көп санда ушырасады. Олар семантикалық-стильлик жақтан айтылайын деген ой-пикирдиң анықлылығын, терең мәнилилигин, өткирлигин бериўде, өзине тән семантикалық бояў бериўде, нәтийжеде пикир тәсирлилигин пайда етиўде жедел қатнасады. Тилимиздеги бундай қәлиплесип кеткен фразеологиялық сөз дизбеклери көркем шығарма тилинде ҳәр қыйлы хызмет атқарады. Фразеологизмлер арқалы жәмийеттеги қубылысларды тәбият көринисин көркемлеп сүўретлеп бериўге болады. Сондай-ақ, шығарманың идеясын бериўде, образ, характер жасаўға қатнасады. Фразеологиялық сөз дизбеклери тилимизде көбинесе, аўыспалы мәниде қолланылып, әдебий образларды сүўретлеўде оның стильлик көркемлигин арттырады. Шайыр И.Юсупов шығармаларында фразеологизмлер өзине тән тәбийғый insert ignore into journalissuearticles values(поэзиялық); образлылығы арқалы улыўма ой-пикирди жанландырып шығарма тилиниң көркемлигин арттырып, жүдә шебер пайдаланылғанын көремиз.
Keywords : Ибрайым Юсупов, поэзия, фразеология, аўыспалы

ORIGINAL ARTICLE URL
VIEW PAPER (PDF)

* There may have been changes in the journal, article,conference, book, preprint etc. informations. Therefore, it would be appropriate to follow the information on the official page of the source. The information here is shared for informational purposes. IAD is not responsible for incorrect or missing information.


Index of Academic Documents
İzmir Academy Association
CopyRight © 2023-2025